15-20-сентябрь күнлери Нөкис қаласында велоспорт бойынша 14-16 ҳәм 18 жасар қызлар арасында Өзбекстан чемпионаты болып өтти.

Кескин беллесиўлер менен өткен бириншилик жуўмағында , U-14 жастағы қызлар арасында барлық сыйлы орынларды Сырдәрья ўәлаятының ағзалары ийелеўге миясар болды. Атап айтатуғын болсақ, Сабрина Алтынбекова биринши, Гүлиҳаё Саттарова екинши ҳәм Мадина Анваровалар үшинши орынларды ийелеўге еристи.

Ал, U-16 жастағылар арасында Ташкент қаласынан Самира Исмаилова алтын, самарқандлы Надежда Вертенева гүмис, жиззақлы Арина Макаркина қола медалларын қолға киргизиўге миясар болды.

U-18 жастағы қызлар арасында биринши ҳәм екинши орынларды Асал Ризаева ҳәм Ксения Лилер ийелеген болса, Моҳинабану Элмуродова үшинши орынды жеңип алды.



Жарыс жуўмағында,  жеңимпаз спортшыларға Қарақалпақстан Республикасы Жаслар сиясаты ҳәм спорт министри А.Алланазаров, Өзбекстан велоспорт федерациясының бөлим баслығы У. Каримовлар арнаўлы диплом, медал ҳәм естелик саўғаларын салтанатлы түрде тапсырды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы