Ханчжоу қаласында Азия ойынларыныӊ академиялық ескек есиў бойынша сайлап алыў беллесиўлери болып өтпекте.

Онда Өзбекстан миллий командасы ағзасы Анна Пракатен 7:42.24 нәтийже менен финишке биринши болып жетип келди ҳәм ярым финалға жол алды.

Енди ол 22-сентябрь күни финал жолламасы ушын стартқа шығады.

Сондай-ақ, усы бағдардыӊ ер адамлар арасындағы жуплық беллесиўлеринде Шеҳроз Ҳакимов, Дилшоджон Худойбердиев финалға шықты.

Командалық бағдарында Анатолий Краснов, Ўктамжон Давронов, Шуҳрат Шодиев, Фазлиддин Каримов, Зафар Усмонов, Алишер Турдиев, Давржон Давронов, Евгений Агафонов, Фаррух Облақулов 5 минут 41,97 секунд нәтийже менен “А” финалына жол алды.

Сондай-ақ, әйне ўақытта заманагөй бесгүрестиӊ қылышласыў спорт түри шеӊберинде өзбекстанлы Самира Абзалова ҳәм Алисе Фахрутдинова қатнаспақта.

ӨзА