Жақында Россия Федерациясының Дағыстан Республикасында белгили мәмлекетлик ғайраткер Магомед Салам Умахановтың естелигине бағышланып бокс бойынша халықаралық жарыс болып өткен еди.
Онда Өзбекстан сайланды командасы қурамында қатнасқан жерлесимиз Мәдияр Данияров барлық қарсыласларын жеңип шығып, жарыстың алтын медалын қолға киргизип республикамызға қайтып келген еди.
19-сентябрь күни Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалы директоры, профессор Байрам Еримбетов Мәдияр Данияров пенен ушырасып, оны халықаралық жарыста ерискен табысы менен қутлықлады ҳәм оған филиал жәмәәтиниң естелик саўғаларын тапсырды.
Өз гезегинде, М.Данияров өзине көрсетилип атырған бундай жоқары ҳүрмет ҳәм итибар ушын, филиал басшыларына өзиниң шексиз миннетдаршылығын билдирди ҳәм алдағы ўақытлары болып өтетуғын жарысларда елимиз абырайын мүнәсип түрде қорғаўға ҳәрекет ететуғынлығын айтып өтти.
Мағлыўмат ушын айтып өтетуғын болсақ, талантлы боксши Мәдияр Данияров ҳәзирги ўақытта Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалының 3-курсында тәлим алмақта.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы