Кеше футбол бойынша Азия чемпионлар лигасының топар басқышы 1-турынан орын алған ойынлар болып өтти.
Атап айтатуғын болсақ, Миржалол Қосимовтың басшылығында Алмалықтың «ОКМК» командасы Саудия Арабстанының «Ал-Иттиҳод» мийманы болып, 3:0 есабында жеңилиске ушырады.
Ал, Қаршының «Насаф» клубы болса, Саудияның және бир клубы «Ал-Файсалий»ге қарсы гүрес алып барды ҳәм 88-минутта Дониёр Нарзуллаев өзине жеткерип берилген топты араблар дәрўазасына анық жоллады. Бирақ, ойын төрешилери бул голды есапқа алмады. Буннан соң Рўзиқул Бердиевтиң шәкиртлери тағы да ҳүжимди күшейтти ҳәм ушырасыў төрешиси тәрепинен қосып берилген 90+7 минутта Зафармурод Абдураҳматов өзиниң әжайып соққысы менен араблардың дәрўазаманын лал қалдырды. Солай етип «Насаф» қыйын өткен бул ушырасыўда 0:1 есабында жеңиске ерисип, өз есабына 3 упай жаздырып қойды.
Сондай-ақ, бул турда Наманганның «Навбаҳор»ы Неймар жетекшилигиндеги «Ал-Ҳилол»ға қарсы ойынға түсип, қарсылас командаға қарсы мүнәсип ушырасыў өткерди.
Ушырасыўдың биринши таймында командалар гол урыўға қанша ҳәрекет еткени менен ушырасыўда есап ашылмады. Екинши таймда болса, наманганлылар ҳүжимди күшейттти ҳәм буның нәтийжесинде 52-минутта Тома Табатадзе есапты ашыўға еристи.
Буннан соң Саудиялылар тез-тез қәўипли ҳүжимлер шөлкемлестирди. Бирақ, ойынның тийкарғы ўақтында олар «Навбаҳор» дәрўазасын анық нышанға ала билмеди. Соңынан ушырасыў төрешиси тәрепинен 2-таймға 14-минут қосып берилди ҳәм усы қосып берилген ўақыттың 11-минутында Булайҳи өзине узатылған топты басы менен дәрўазаға жоллап, өз командасын шермендели жеңилистен қутқарып қалды.
Ушырасыўда наманганлылар қурамында 28-минутта Филипп Иванович, 60-минутта Неймарға ойын төрешиси тәрепинен ескертиў берилди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы