Бүгин футбол бойынша Азия чемпионлар лигасының топар басқышындағы 1-тур ойынларына старт бериледи.
Онда Өзбекстанның 3 командасы өз ойынларын өткереди. Атап айтатуғын болсақ, Қаршының «Насаф» клубы «Ал-Файсали», Алмалықтың «ОКМК» клубы «Ал-Иттиҳод» пенен саат 21:00 де ушырасса, Наманганның «Навбаҳор»и «Ал-Ҳилол» менен саат 23:00 де ойынға түседи.
Бул ойынлардан алдын мәмлекетимиздиң 3 командасы бас тренерлери баспасөз әнжуманында қатнасып, өз пикирлерин билдирип өтти.
-Бул үлкен турнир. Қарсылас команданың ойынларын үйренип шықтық. Олар ҳүжимге көбирек итибар қаратады. «Насаф»тың тийкарғы мақсети, өткен жылдағыдай топардан шығып, мүмкиншилиги болғанынша, узағыраққа барыў,-дейди бас тренер Рўзиқул Бердиев.
-Командамыз Азия чемпионлар лигасы топар беллесиўлеринде өзиниң дәслепки ойынын өткереди. Ашығын айтыў керек, бул абырайлы жарыста бизлер усындай жоқары дәрежедеги клубқа қарсы ойнаўды қәлеген едик. Бизлер ертең Азияның ең күшли клубына қарсы ойнаймыз. «Ал-Ҳилол»дың ҳәр бир сызығында заманагөй футболымыздың жулдызлары орын ийелеген.
Күшли қарсыласқа қарсы ойнаў ушын, футболшыларымыздан жоқары дәрежели ойын, интизамға бойсыныў ҳәм пидайылық талап етиледи. Сондай-ақ, бираз әўмет те керек,-деп атап өтти «Навбаҳор» устазы Самвел Бабаян.
-Мен қорқатуғын жастан өтип кеткенмен. «Ал-Иттиҳод»ты басқа қарсыласларымыз сыяқлы ҳүрмет етемен ҳәм бизлер әжайып ойынға гүўа боламыз деп ойлайман,-дейди «ОКМК» бас тренери Миржалол Қосимов.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы