Саудия Арабстанында аўыр атлетика бойынша жәҳән чемпионаты жуўмақланды.

Беллесиўде спортшыларымыз 4 алтын, 2 гүмис ҳәм 1 бронза жәми 7 медаль топлап, Қытайдан соӊ екинши, очколар классификациясы бойынша болса Армения, Қытай, Иран, Колумбиядан кейинги бесинши орынды ийеледи.

Есетип өтемиз, жәҳән чемпионатында Муҳаммадқодир Тоштемиров (тикке көтериў), Акбар Жўраев ( тикке көтериў, екигүрес), Руслан Нуруддинов (силкип көтериў) алтын медальды қолға киргизди.

Сондай-ақ, Акбар Жўраев ( силкип көтериў) ҳәм Руслан Нуруддинов (екигүрес) беллесиўде гүмис медальға да ийе болды.

Муҳаммадқодир Тоштемиров екигүрес нәтийжесине бола бронза медалы ийеси болды.

Енди миллий командамыз Азия ойынларында қатнасыў ушын Саудия Арабстанынан Қытайға жол алады.

 

ӨзА