Футбол бойынша Испания Ла Лигасының 5-турында «Реал» 17-сентябрь, екшемби күни «Реал Сосьедад»қа қарсы ойнады.

Ушырасыўдың 5-минутында «Реал Сосьедад» футболшысы Андер Барренечеа есапты ашты. Биринши бөлим мийманлардың үстинлиги менен жуўмақланды.

Екинши бөлимниң басында мадридлилер есапты теңлестирди. Федерико Валверде әжайып соққы менен дәрўазаға гол урды. 60-минутта болса Хоселу «қаймақреңлилер»ди есапта алдыға алып шықты. Қалған минутларда басқа гол урылмады ҳәм Мадрид командасы өзиниң гезектеги жеңисин рәсмийлестирди.

Карло Анчелотти командасы 5 турдан кейин 100 процентлик нәтийже менен турнирде биринши орынды ийелеп турыпты.

Ла Лига

5-тур ойыны

17-сентябрь, екшемби

«Реал» «Реал Сосьедад»

Голлар: 0:1– 5 Барранечеа, 1:1 – 46 Валверде, 2:1 – 60 Хоселу.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги