Ҳәзирги күнлери Сербия пайтахты Белград қаласында спорт гүреслери бойынша жәҳән чемпионаты болып өтпекте.
Кеше еркин гүрес бойынша өткерилген беллесиўлерде Өзбекстан сайланды командасы ағзасы Жавраил Шапиев Париж-2024 Олимпиадасы жолламасын қолға киргизиўге миясар болды.
Токио Олимпиадасының қола медалы ийеси Бекзод Абдураҳмонов болса, -74 кг салмақта қатнасып, дәслепки басқышта польшалы Камил Рибичкиди 12-1 есабында жеңип шығыўға еристи. Бирақ, 1/16 финалда ол Токио Олимпиадасының чемпионы, еки рет жәҳән чемпионы россиялы Заурбек Сидаковқа жеңилип қалды.
Буннан соңғы ушырасыўларда да россиялы палўан Сидаков барлық қарсыласларын жеңип шығып, финалға жоллама алғанлығы себепли, Абдураҳмоновта қола медалы ушын гүресиў имканияты сақланып қалды. Париж Олимпиадасына жолламаны қолға киргизиў ушын өтиў беллесиўинде Бекзод грузиялы Автандил Кенчадзени жеңип шығыўы лазым.
Сондай-ақ, чемпионатта сайланды команда ағзаларынан -57 кг салмақ категориясында қатнасып атырған Ғуломжон Абдуллаев дәслепки беллесиўде шри-ланкалы Гаян Эканаяканы (10-0) есабында жеңип шыққан болса, 1/8 финалда сербиялы Стефан Мичичке жеңилип қалды.
Буннан соңғы беллесиўлерде де жеңип шыққан Мичич финалға жол алғаны себепли, Абдуллаев та қола медалы ҳәм Париж Олимпиадасы жолламасы ушын имканиятлар сақланып қалды. Бүгин Ғуломжон өтиў беллесиўлеринде кореялы Ким Гук Хеонқа қарсы гүреске түседи.
-92 кг салмақта қатнасып атырған Рустам Шодиев болса, биринши басқышта польшалы Михал Ян Беилавскиди 10-2 есабында жеңип шығыўға еристи. Бирақ, Рустам 1/8 финалда грузиялы Мириани Майсурадзеге жеңилип, жәҳән чемпионатын усы басқышта жуўмақлаўға мәжбүр болды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы