Жума күни Европа Аўқамы Тик-Ток социаллық тармағына жас өспиримлер ҳаққындағы мағлыўматлар менен ислесиўде мағлыўматларды қорғаўдың қатаң қағыйдаларын бузғаны ушын 345 миллион евро (368 миллион доллар) муғдарында жәрийма салды.

Социаллық тармақ гигантына үш ай ишинде өз операцияларын муўапықластырыўды буйырды.

Жәрийма 2020-жылдың июль-декабрь айлары аралығында әмелге асырылған қағыйда бузыў жағдайлары бойынша еки жыллық тексериўден соң қолланылды.

Бул тармақ жаслар арасында оғада белгили ҳәм Ирландия ҳүкиметиниң жуўмағына бола балалардың мағлыўматлары тармақта ашық тәризде жәрияланған.

Тик-Ток жас өспиримлердиң жеке мағлыўматларын қорғамағаны ушын биринши мәрте жазаланып атырғаны жоқ. Социаллық тармақ 2019-жылы АҚШ тәрпинен 5 миллион долларға шамалас, 2021-жылы Нидерландия тәрепинен 750 мың евро жәриймаға тартылған. Өткен апрель айында Уллы Британия усындай нызамбузыўшылықлар ушын 15 миллион евро әтирапында жәрийма салған еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги