Ересеклер арасында аўыр атлетика бойынша Саудия Арабстанында өткерилген жәҳән чемпионатында 109 кг ға шекемги салмақ категориясында өзбекстанлы спортшы Акбар Жўраев 2 алтын ҳәм 1 гүмис медалын ийелеп, елимиздиң және бир тарийхый рекордын орнатыўға еристи.
Ал, гүмис медалды тағы бир өзбекстанлы атлет Руслан Нурудинов, қола медалын әзербайжанлы Дадаш Дадашвили ийелеўге миясар болды.
Бул жарысқа шекем еки мәрте жәҳән чемпионы болыў тек ғана белгили аўыр атлетикашымыз Руслан Нурудиновке несип еткен еди.
Чемпионат жуўмағында, Өзбекстан сайланды командасы 4 алтын, 2 гүмис ҳәм 1 қола медалын қолға киргизиўге миясар болды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы