12-17-сентябрь күнлери Россия Федерациясының Каспийск қаласында белгили мәмлекетлик ғайраткер Магомед-Салам Умаханов естелигине бағышланған XXII халықаралық жарыс болып өтти.
Оған Россия, Иран, Пакистан, Кипр, Тәжикстан, Қырғызстан, Молдова, Беларусь, Қазақстан, Армения, Алжир, Аўғанстан ҳәм Өзбекстан мәмлекетлеринен күшли боксшилер қатнасты.
Кескин беллесиўлерге бай болған жарыс жуўмағында, Өзбекстан сайланды командасы 1 алтын, 5 гүмис ҳәм 5 қола медалын қолға киргизиўге еристи.
Соның ишинде, 60 кг салмақ категориясында қатнасқан Мадияр Дәнияров барлық қарсыласларын жеңип шығып, алтын медалды ийелеўге миясар болды. Жас боксшимизди бул жарысқа оның устазы Шарап Айтбаев таярлады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы