Өзбекстан Журналистлер аўқамы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде “Радио журналистиканыӊ өзине тән өзгешеликлери” темасында дөретиўшилик ушырасыў өткерилди.

Илажда  “Жас журналистлер” клубы басшысы, филология илимлериниӊ  кандидаты, доцент  Зыяда Қожықбаева, Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы Даўыт Абибуллаев, Қарақалпақстан радиоканалыныӊ “ Музыкалық дем алыў бағдарламалары” бас редакциясы редакторы   Улмекен Палўаниязова ҳәм жас журналистлер қатнасты.

Дөретиўшилик ушырасыў шеӊберинде қатнасыўшылар радио журналистлердиӊ еситтириўлерди таярлаў процеслери, радионыӊ басқа ғалаба хабар қуралларынан ажыралып туратуғын өзине тән өзгешеликлери, жумысшыларға жаратылған шараятлар, болажақ журналистлер менен бирге ислесиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар менен таныстырылды.





Илаж жуўмағында “Жас журналистлер” клубы ағзалары өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги