Футзал бойынша дүньяның ең белгили тренерлеринен бири Хосе Венансио Лопес Өзбекстанға келеди.

Өзбекстан футзал командасы мәмлекетте өткерилетуғын Жәҳән чемпионатына таярлық көрмекте. Команданы әҳмийетли турнир алдынан және де жоқары дәрежеге алып шығыў бойынша бир қатар жумыслар алып барылмақта.

Дүньяда жоқары абыройға ийе қәниге Хосе Венансио Лопес жақын күнлерде Өзбекстанға келип, ӨФА админстрациясы менен өз-ара бирге ислесиў шәртнамасын дүзиў бойынша келисимлер өткереди.

Мағлыўмат ушын, Венансио еки мәрте Испания командасын Европа чемпионына айландырған. Жәҳән чемпионаты финалына алып шыққан. Клублар арасында  Европа чемпионы. Испания чемпионы, 3 мәрте кубок ийеси, 3 мәрте суперкубок ийеси. Сондай-ақ, 5 мәрте дүньяның ең жақсы тренери деп тән алынған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги