Азия футбол конфедерациясының рәсмий сайты Азия кубогинде жумыс алып баратуғын төрешилердиң дизимин жәриялады.
Тарийхта туңғыш рет бул жарыста 74 төреши жумыс алып барады.
Олардың арасында өзбекстанлы 4 төреши бар. Атап айтатуғын болсақ, Аҳрол Рисқуллаев ҳәм Ильгиз Танташев бас төреши сыпатында ислесе, Тимур Гайнуллин ҳәм Андрей Цапенко қаптал төрешилери сыпатында дизимге киргизилген.
Футбол бойынша Азия чемпионаты 2024-жылдың 12-январынан 10- февралына шекем даўам етеди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы