Жаслар ҳәм ҳаял-қызлар арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде, Тахтакөпир районында «Жаңа Өзбекстан жасларымыз» сүрени астында спорттың веломарафон түри бойынша жарыс өткерилди.
Спорт жарысы Қараой аўыл пуқаралар жыйыны ҳәм Ғәрезсизлик мәкан пуқаралар аймағы аралығында өткерилди.
Кескин өткен жарыс жуўмағында, 10 км аралықты ерлер арасында биринши болып, Қуўандық Дилимбетов басып өткен болса, 2-3-орынлар Атабек Сейтов ҳәм Ринат Камаловларға несип етти.
Ал, қызлар арасында болса, 1-орынды Айнура Амангелдиева, 2-орынды Дәметкен Алипбаева ҳәм 3-орынды Гүлнара Насыровалар жеӊип алыўға миясар болды.
Жарыс соңында жарысқа белсене қатнасқан ҳәм жеңимпаз болған қатнасыўшылар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы