16-17-сентябрь күнлери Бельгияның Хассельт қаласындағы «Sporthalg Alverberg»  аренасында Дэвис Кубогиниң 1-жәҳән топарынан орын алған Бельгия ҳәм Өзбекстан ушырасыўы өткериледи.

Бельгияға жетип барған Петр Лебедь жетекшилигиндеги сайланды команда ағзалары ҳәзирги ўақытлары өз шынығыўларын баслап жиберди.

Соны да айтып өтиўимиз керек, сайланды команда қурамында Ҳумоюн Султонов, Сергей Фомин, Денис Истомин, Максим Шин ҳәм Амир Милушевлер орын алған.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы