Кеше футбол бойынша 23 жасқа шекемги жаслар арасында өткерилген Азия кубогиниң таңлап алыў басқышы ойынлары өз жуўмағына жетти.

Усы ойынлардың жуўмағында, 2024-жылдың 15-апрель ҳәм 3-май күнлери аралығында Қатарда болып өтетуғын Азия кубогиниң финал басқышына жолламаны қолға киргизген сайланды командалардың атлары белгили болды.

Олардың арасында Иордания, Қубла Корея, Вьетнам, Япония, Өзбекстан, Ирак, БАӘ, Таиланд, Австралия, Индонезия, Саудия Арабстаны, Кувейт, Тәжикстан, Қытай, Малайзия ҳәм майдан ийеси есапланған Қатар сайланды командалары бар.

Азия материгиниң ең күшли командаларының биринен есапланған Иран болса, кеше Өзбекстан сайланды командасынан жеңилгеннен соң бул турнирге қатнасыў ҳуқықынан айырылды.

Соны да айтып өтиўимиз керек, Қатарда өткерилетуғын бул жарыста 1-2-3-орынларды жеңип алған командалар Париж-2024 Олимпиадасына тиккелей жолламаны қолға киргизеди.

Ал, 4-орын ийеси болса, континентлер аралық плей-офф ойынларында қатнасады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы