АҚШтың Атланта қаласындағы «Мерседес Бенц» стадионында футбол бойынша Өзбекстан сайланды командасы ағзалары Мексика сайланды командасы менен ойынға түсти.

Оғада қызықлы өткен бул ушырасыўда дәрўазаларға жәми 6 гол урылды ҳәм есап 3:3 болып жуўмақланды.

Сречко Катанец шәкиртлери арасында Бобир Абдихолиқов, Азизбек Турғунбоев ҳәм Атабек Шукуровлар өз есабына гол жаздырып қойды.

Соны да айтып өтиўимиз керек, АҚШ пенен өткерилген ойыннан соң тренерлеримиз Элдор Шамуратовты бул ушырасыўда майданға түсирмеди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы