Кеше Ташкент қаласындағы «Жар» стадионында U-23  Азия кубоги таңлап алыў басқышының 3-туры шеңберинде Өзбекстан сайланды командасы иранлы футболшылар менен өз-ара ушырасты.

Кескин өткен  ойынның 47-минутында Абдуқәдир Хусановтың жәрийма майданшасына жоллаған тобынан нәтийжели пайдаланған Аббазбек Файзуллаев Иран дәрўазасын анық нышанға алып командамызды есапта алдынға алып шықты.

Буннан соң еки команда ағзалары да арадағы есапты өзгертиў ушын ҳәрекет етти. Бирақ, ойындағы бул есап өзгерместен қалды ҳәм Өзбекстан сайланды командасы топарда 100 процентлик нәтийже менен Қатарда өткерилетуғын Азия кубогине жолламаны қолға киргизди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы