Өзиниң қунарлы топырағы ҳәм атайы дийқанлары менен мийнетте танылған Қараөзек районы быйылғы жылы да пахтадан мол қырман шашлаўды нийет етип отыр. Олар ерте бәҳәрде 4700 гектар жерге шигит егип, оған жазы бойы агротехникалық қәделерге сай тәрбия жумысларын жүргизди ҳәм атызларда мол зүрәәт топлаўға еристи.

Усы топланған зүрәәттиң бир де мысқалын зая етпей терип алыў бүгинги күнниң ең әҳмийетли ўазыйпасы болып табылады. Сонлықтан районда пахта жыйын-теримин жоқары шөлкемлескенлик пенен өткериў ҳәм оны қабыллаў пунктлерине тапсырыўға бағышланған пахта кәрўаны илажы өткерилди.

Оған район басшылары, аўыл хожалығы тараўы хызметкерлери, фермерлер, терим отряды баслықлары ҳәм механизаторлар қатнасты.

Онда район ҳәкими У. Утамбетов ҳәм басқалар илаж қатнасыўшыларын жаңа жыйын-терим мапазының басланыўы менен қутлықлап, олардың қырманларының бәлент болыўына өзлериниң тилеклеслигин билдирди ҳәм қабыллаў пунктлерине келген дәслепки өнимлердиң сапасын көзден өткерди. Пунктте фермерлер ушын жаратылған шараятлар менен танысып, алдынғы хожалық басшыларына арнаўлы саўғалар тапсырылды.





Сондай-ақ, усы күни район ҳәкими У.Утамбетов «Гүлзиба  Рейм» фермер хожалығында болып, отряд баслықлары ҳәм теримшилерге ҳармасын айтты.

Атыз басында теримшилер ушын жаратылған шараятлар менен танысты ҳәм олардың пикир-усынысларын тыңлады.

Илажда теримшилерге байрам дастурханы жайылып, оларға районлық мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен концерт бағдарламасы қойып берилди.



Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы