Пайтахтымыздағы «Ҳәсиретли ана» естелиги алдында 9-май Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине, сондай-ақ, Екинши жәҳән урысында қурбан болғанлардың ҳүрметине арналған мәресим болып өтти.

Онда екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары, мийнет ветеранлары, республика парламенти ҳәм ҳүкимети ағзалары, ҳуқық қорғаў уйымларының, оқыў орынларының, жәмийетлик шөлкемлердиң басшылары, кең жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов, Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев ҳәм басқа да рәсмий адамлар  әскерий оркестр музыкасы астында естелик алдына гүл шеңберлерин қойды. Бул жерге министрликлер менен ведомстволар, оқыў орынлары, жәмийетлик шөлкемлер, жаўынгер интернационалистлер ҳәм ветеранлар атынан да гүл шеңберлери қойылды.

Быйылғы жылы 9-май Еслеў ҳәм қәдирлеў күнин өткериўге айрықша таярлықлар көрилди. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 16-апрельдеги «Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў шеңберинде «Инсан қәдири уллы, еслеў муқаддес», «Мәртлик, парыз ҳәм садықлық» сүренлери астында республикамыз бойлап кең көлемли илажлар шөлкемлестирилди. Екинши жер жүзилик урыстың қатнасыўшыларының, фронт арты мийнет ветеранларының, ғәрезсизлик жылларында хызмет ўазыйпасын орынлаў ўақтында қурбан болған әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымы хызметкерлериниң шаңарақ ағзаларының ҳал-жағдайдарынан хабар алынып, фашизм үстинен ерисилген жеңистиң 73 жыллығы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларын хошаметлеў ҳаққында»ғы пәрманына муўапық 5 000 000 сум муғдарында ақшалай сыйлық, баҳалы саўғалар, ҳәкимликлер, тийисли министрликлер, жәмийетлик шөлкемлер, ҳуқық қорғаў уйымларының ўәкиллери тәрепинен саўғалар тапсырылды.

Илажда Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының Мәмлекетлик гимнлери атқарылды.

«Ҳәсиретли ана» естелиги жанындағы майданда урыс жыллардағы орталық сәўлеленген. Бул жердеги окоп ҳәм блиндажларда сол дәўирдиң әскерий техника қураллары, қурал-жарақ үлгилери жайластырылған. Арқа-Батыс әскерий округиниң әскерлери саўаш майданларында халқымыздың көрсеткен мәртлик ҳәм ерликлерин, театр артистлери менен оқыўшы-жаслар ата-балаларымыздың фронт артындағы өмири сәўлелендирилди. «Ҳеш ким, ҳеш қашан умытылмайды» сүрени астында урыс жылларының қосық ҳәм намаларынан дүзилген концерт бағдарламасы қойып берилди.

Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине бағышланған байрам илажлары барлық қала ҳәм районларда, оқыў орынларында, мийнет жәмәәтлеринде болып өтпекте.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.