2024-жыл 1-январьдан баслап республиканың узақ мүддетли суў балансы прогнозын алып барыў, соның ишинде, оны ҳәр жылы жаңалаў ҳәм суў ресурсларын үнемлеў бағдарламаларын қабыл етиў әмелияты жолға қойылады.

Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятының, кейин ала болса, басқышпа-басқыш республиканың барлық аймақларының аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилерине суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў ушын кредитлер 10 процентлик ставкада (процент ставкаларын субсидиялаў есабынан) ажыратылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги