11-сентябрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Бес баслама олимпиадасы» шеңберинде спорттың волейбол, мини футбол ҳәм стол тенниси түрлери бойынша факультетлер кесиминде жарысларға старт берилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы менен тастыйықланған 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў, институт студентлерин спорт илажларына кеңнен тартыў, олардың арасында жарыслар шөлкемлестириў, студентлердиң физикалық белсендилик дәрежесин арттырыў, институттағы спорт секциялары ҳәм дөгереклериниң жумысларын раўажландырыўға көмеклесиў, студентлердиң бос ўақытларында спорт пенен шуғылланыўы ушын шараят жаратыў мақсетинде өткерилип атырған жарысларға жаслар белсене қатнаспақта.

Жарысларды шөлкемлестириў ҳәм өткериў ушын институтта қызғын таярлықлар алып барылды. Дене мәденияты факультетиниң тәжирийбели профессор-оқытыўшыларынан ибарат шөлкемлестириў комитети ҳәм төрешилер қурамы ағзалары жарысларды жоқары дәрежеде шөлкемлестириў жумысларын алып барды.

«Бес баслама олимпиадасы» шеңберинде жарыслар ҳәр бир факультет кесиминде, академиялық топарлар арасында 20-сентябрьге шекем тастыйықланған кесте тийкарында өткерилиўи белгиленди.

Жарыслар студент-қызлар арасында волейбол, ерлер арасында мини футбол, сондай-ақ, ерлер ҳәм қызлар арасында стол тенниси спорт түрлеринен өткерилмекте.

«Бес баслама олимпиадасы» шеңбериндеги жарыслар даўам етпекте.

 

НМПИ баспасөз хызмети.

Қарақалпақстан хабар агентлиги