Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Нөкис қалалық ҳәкими ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары басшыларының қатнасыўында «Ҳәким ҳәм жаслар» ушырасыўы болып өтти.

Нөкис қаласы ҳәкими А.Данияров, Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Э.Таджиев, ишки ислер министри Б.Төребеков, Миллий гвардия Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы М.Юсупов, Айрықша жағдайлар басқармасының баслығы А.Давлетов бүгинги күнде мәмлекетимиз басшысының басламасы менен мәмлекетимизде жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың социаллық белсендилигин арттырыў, потенциалын толық түрде жүзеге шығарыў бағдарында кең имканиятлар жаратылып берилип атырғанын атап өтти.





Шығып сөйлегенлер жаслар арасында көп ушырасатуғын ҳуқықбузарлықлар ҳәм жынаятлар, олардың алдын алыў, коррупциялық жағдайларға маўасасыз мүнәсибетте болыў, түрли ағым ҳәм идеялардың тәсирине түсип қалмаў, ишиўшилик, нәшебентлик сыяқлы иллетлердиң унамсыз ақыбети ҳаққында түсиниклер берди. Ҳәр бир студент жоқары оқыў орнында билим алыў процесинде өз алдына жетик қәниге болыў, ели ушын хызмет етиўди мақсет етип қойса ғана, келешекте кәмил инсан болатуғыны айтылды.

Ушырасыўда студент-жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Даўыт АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы