Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 31-март күнги Қарақалпақстан Республикасына болған сапары даўамында берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен республикамыз аймағындағы Суў хожалығы объектлери ҳәм ишки автомобиль жолларын хатлаўдан өткериў жумыслары жуўмақланды.

Бул бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң тийисли қарарларын шығарыў жумыслары әмелге асырылмакда.  Усы ийгиликли ислердиң жуўмақлаўшы басқышы сыпатында елатлы пунктлерде әмелдеги улыўма пайдаланыўдағы абаданластырыў жерлерин хатлаўдан өткериў жумыслары шөлкемлескенлик пенен алып барылмақта.

Мағлыўмат ушын, Қарақалпақстанд Республикасындағы 409 мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынындағы ишки жоллар хатлаўдан өткерилип, «Uzkad» системасы аркалы кадастр ҳүжжетлери рәсмийлестириледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги