Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң ректоры, техника илимлериниң докторы Ахмед Реймовқа Беларусь Республикасы Брест ўәлаяты, Полесск мәмлекетлик университетиниң ҳүрметли профессоры атағы берилди.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда профессор-оқытыўшылар, студент-жаслар, усы университете оқып атырған қарақалпақстанлы студентлер қатнасты.

Атап өтилгениндей, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ўәкиллериниң Полесск мәмлекетлик университетине дәслепки рәсмий сапары 2021-жыл май айында болып онда еки билимлендириў мәкемеси арасында өз-ара бирге ислесиўди және де раўажландырыў бойынша келисимге ерисилди. Ҳәзирги ўақытта биргеликте бир қатар жойбарлар үстинде нәтийжели жумыс алып барылмақта.

Илаж соңында Полесск мәмлекетлик университетиниң ректоры Валерий Дунай Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң ректоры Ахмед Реймовқа «Полесск мәмлекетлик университетиниң ҳүрметли профессоры» атағы берилгенлиги ҳаққындағы ҳүжжети салтанатлы түрде тапсырды.

Өз гезегинде, А.Реймов бундай жоқары исеним ушын университет ректорына өз миннетдаршылығын билдирип, келешекте еки билимлендириў мәкемеси арасында тәжирийбе алмасыў ҳәм өз-ара бирге ислесиўге таяр екенлигин атап өтти.

Даўыт АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлиги