Футбол бойынша Про лиганың 17-тур ойыны 10-сентябрь, екшемби күни болып өтти.

Онда «Арал» командасы Про лигада 21 турдан берли жеңилмей киятырған, гранд командалардың бири Самарқандтың «Динамо» клубына қарсы ойынға майданға түсти. Ойын Нөкис қаласындағы «БӨФА» стадионында болып өтти. Ойынды бас төреши Найим Қосимов басқарып барды. Ушырасыўдың биринши бөлиминде, яғный 17-минутында мийманлар қурамында ойнайтуғын легионер ойыншы Нарх гол урды. Буннан кейин,  еки команда да теңдей имканиятларға ийе болды, ҳеш бир клуб гол урмады. Соның менен 1-бөлим 1:0 есабында жуўмақланды.

Ойынның 2-бөлиминде «Арал» командасында имканиятлар көп болды,  бирақ оны голға айландыратуғын ойыншы табылмады. 1:0 есабы ойынның ақырына шекем сақлап қалынды ҳәм «Динамо» клубы Про Лиганың 17-турында жеңиске ерисип, гезектеги 3 упайға ийе болды. «Динамо» командасы усы жеңистен кейин Про Лигада 34 очко менен биринши орынға көтерилип алды. Жерлеслеримиз бул ойыннан кейин онлайн кесте бойынша 17 упай жыйнап 6-орынды ийелеп турыпты. «Арал» клубы кейинги турда «Хорезм» командасы менен ойнайды.

 

Ойыннан кейин «Динамо» командасының бас тренер Вадим Абрамов ушырасыў ҳаққында өз пикирлерин билдирип өтти.

— «Арал» жақсы команда. Өз үйинде жақсы ойын көрсетип киятыр. Бүгин әўметимиз келди. Керекли ўақытта гол урып алдық. Бизде бир неше қолайлы имканиятлар болды. Топ болса дәрўазаға кириўди қәлемеди. Улыўма алғанда, ҳақылы жеңиске еристик деп ойлайман. «Арал» командасы болса менде унамлы тәсирлер қалдырды.

 

Про Лига

17-тур

«Арал» – «Динамо» 0:1

Гол: 0:1 — 17 Нарх

 

Азизбек Дабылов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги

(Автордың түсирген сүўретлери)