Пайтахтымызда жеӊил атлетика бойынша Өзбекстанда хызмет көрсеткен тренер Г.Г. Арзумановтыӊ естелигине арналған халықаралық турнир жуўмақланды.

Беллесиўдиӊ қада таяққа сүйенип секириў түринде Жасмина Мансурова 3,50 бийикликке секирип, алтын медальды қолға киргизди. Дилшода Усмонова 3000 метрге тосықлардан өтип жуўырыўда ҳаял-қызлар арасында биринши болып финиш сызығына келди. Ер адамлар арасында усы аралық бойынша Воҳид Искандеров жеӊимпаз болды.

400 метрге тосықлардан өтип жуўырыўдп ҳаял-қызлар арасында Нурхон Очилова, ер адамлар арасында Дилшодбек Бобоқулов алтын медаль ийесине айланды.

Балға ылақтырыў басқышында Зарина Носиржонова, бийикликке секириў басқышында Светлана Радзивилге теӊ келетуғынлар табылмады. Үш атлап секириў түри бойынша Иван Денисов 16,39 нәтийже менен жеӊиске еристи. Ҳаял-қызлар арасында болса талантлы спортшымыз Шарифа Давронова минбердиӊ еӊ жоқары текшесинен орын ийеледи.

 

ӨзА