Қытайлы бир топар илимпазлар буған «Неге мүмкин емес?» деп жуўап бермекте. Олар жаратқан жаңа конструкция – трибоэлектрикалық батареялар ҳәр қандай күшли жаўын ямаса нөсерди киши гидрогенераторға айландырып бере алады.

Есап-санақларға бола, бүгинги күнде дүньяда ислеп шығарылып атырған электр энергиясының 17 проценттен зыяты гидроэнергетика системасы үлесине туўра келеди. Бирақ тән алыў керек, бундай электр энергиясы ҳәзирги ўақытта тек дәрьялар ямаса басқа суў базаларына ийе орынларда ғана ислеп шығарылады.

Егер аспаннан жаўылып атырған жаўынды электр энергиясына айландырыўдың жолы табылса ма…

Қәтержам болың, Синхуа (Қытай) университети илимпазлары бул әрманды ҳақыйқатқа айландырыў имканиятын беретуғын үлкен ашылыў алдында турыпты.

Алып барылған излениўлер нәтийжесинде илимпазлар ҳәзирше бир квадрат метрге тең суў панеллериниң қуўатын 200 Втқа шекем шығарды.

— Garchi D-TENG (қурылма аты) бирден жоқары қуўатқа шығыў имканиятына ийе болса да, оны мегаватт қуўатқа алып шығыў ҳәзирше илажсыз болмақта, — дейди Синхуа университети аспиранты Ли Сзун. –

Бирақ соңынан усындай панеллерди бирлестирген ҳалда бул нәтийжеге де ерисиўди гөзлеп турыппыз.

Қытайлы гидроэнергетиклердиң инсаниятқа таза, исенимли ҳәм турақлы энергия жеткерип бериў бойынша ўәделери көплеген инновациялық излениўлерге де кең жол ашты.

Тийкарғысы, олардың арасында мәмлекетимизде қолланыў мүмкин болған жүзиўши ҳәм сол себепли қайта тикленетуғын дәрекке ийе гидростанция жойбары да бар.

Қарақалпақстан хабар агентлиги