Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының билимлендириў ағласы, Греция Халықаралық академиясы илимий орайының докторы, Қарақалпақстан денетәрбиясы ҳәм спорт тараўының туңғыш илим кандидаты ҳәм профессор, ветеран устаз Пердебай Шылмановтың 80 жыллық юбилейине арналған байрам кешеси болып өтти.

Илажда сөзге шыққанлар ветеран устаздың мийнет жолы ҳәм қарақалпақ денетәрбиясы және спорты тарийхындағы орны гиреўли тулғалардың бири екенлиги ҳаққында айта келип, юбилей мүнәсибети менен таярланған саўғаларды тапсырды.

Мийнеткеш илимпаз, педагог, миллий спортымыздың жанкүйери болған Пердебай Шылмановтың өмири ҳәм илимий-педагогикалық жумыслары ҳаққында институттың денетәрбиясы кафедрасы баслығы, профессор А.Ниязов баянат жасады.

Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институты (ҳәзирги Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты)ның денетәрбиясы факультетин табыслы тамамлаған Пердебай Шылманов дәслепки мийнет жолын усы институттан баслаған. 1974-1978-жыллары Москва қаласында аспирантурада оқып, қарақалпақ миллий спорт ойынлары темасында кандидатлық диссертациясын жақлады. Буннан соң институтта өз мийнет жолын даўам еттирди. Қарақалпақстан денетәрбиясы ҳәм спорт тараўында биринши илим кандидатының нәтийжели мийнетлери есапқа алынып, оған усы тараўдағы биринши профессорлық дәрежеси де берилди.

Соны айрықша атап өтиў керек, Пердебай Шылмановтың илимий-изертлеўлери нәтийжесинде қарақалпақ халқының 500 ден аслам халық ойынлары қайта тикленди, оларға заманға сәйкес түрде қағыйдалар киргизилип, мектеп шараятында балаларды физикалық жақтан тәрбиялаў ушын бағдарламалар ислеп шығады. Илимпаздың авторлығындағы «Миллий балалар ойынлары» методикалық қолланбасы ҳәм баслаўыш класс оқыўшылары ушын «Дене тәрбиясы» сабақлығы солардың қатарына киреди.

Пердебай Шылмановты «Қашарман топ» ойынының жанкүйери сыпатында кең жәмийетшилигимиз оғада ҳүрмет пенен тилге алады. Илимпаз 2006-жылы «Қарақалпақстан» баспасынан усы ойынның келип шығыў тарийхы ҳәм ойналыў қағыйдаларын өз ишине жәмлеген «Қашарман топ» китабын баспадан шығарып, келешек әўладлар ушын теңсиз бийбаҳа мийрас дөретти.

Илажда илимпаздың шәкиртлери, кәсиплеслери, ветеран устазлар сөзге шығып, юбилей ийесине беккем денсаўлық, илимий-педагогикалық жумысларына табыс ҳәм шаңарағына қут-берекет тиледи.

Илаж соңында ветеран устаз Пердебай Шылманов шығып сөйлеп, педагогикалық институт Қарақалпақстанның барлық зыялы инсанлары ушын бесик болған уллы дәргай екенлиги ҳәм бул жерде 60 жылға шамалас ўақыт ислеп, усындай ҳүрмет-иззетке бөленип атырғаны ушын миннетдаршылық билдирди.

Байрам кешеси Дене мәденияты факультети талантлы студентлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

 

НМПИ баспасөз хызмети

Қарақалпақстан хабар агентлиги