Самарқанд қаласында Азық-аўқат қәўипсизлиги бойынша халықаралық әнжуман өткерилмекте.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев өткен жылы Самарқандта болып өткен Шанхай бирге ислесиў шөлкеми мәмлекет басшылары кеңесиниң мәжилисинде ҳәзирги күнде дүнья көлеминде глобал әҳмийетке ийе болып атырған азық-аўқат қәўипсизлиги мәселесине айрықша итибар қаратып, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўдиң улыўмалық принциплери ҳәм көзқарасларын ислеп шығыў зәрүр екенлигин атап өткен еди. Бул турмыслық мәселелерди кеңнен додалаў мақсетинде халықаралық конференция өткериў басламасын алға қойды.

Бул баслама көплеген мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлер тәрепинен қоллап-қуўатланды ҳәм Бирлескен Миллетлер Шөлкеми жанындағы Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми – ФАО техникалық жәрдеминде Самарқандта Азық-аўқат қәўипсизлиги бойынша халықаралық конференция шөлкемлестирилди.

Илажда дүньяның 32 мәмлекетинен 620 дан аслам сырт ел мийманы сондай-ақ, 30 дан аслам абырайлы халықаралық шөлкемнен ўәкиллер қатнаспақта.

Самарқандтағы конгресс орайында халықаралық конференцияның салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң әнжуман қатнасыўшыларына мүрәжатын Бас министр А.Арипов оқып еситтирди.

– Соңғы он жылларда «жасыл революция» ҳәм инновациялық технологиялар кеңнен енгизилиўи себепли аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыў муғдары кескин артты, күн сайын көбейип атырған дүнья халқын азық-аўқат пенен тәмийинлеўде сезилерли жетискенликлерге ерисилди,-делинеди мүрәжатта. – Тилекке қарсы, кейинги ўақытта коронавирус пандемиясы, дүнья сиясаты ҳәм экономикасындағы кризислер аўыл хожалығы өнимлерин жеткерип бериў системасы шынжырларының үзилиўине ҳәм баҳалардың артыўына себеп болды.

Оннан раўажланып атырған мәмлекетлер көбирек зыян көрмекте. Глобал климат өзгериўи, аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат системасына киргизилип атырған инвестиция муғдарының азайыўы жағдайды және де қыйынластырмақта. Бул болса Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўди қәўип астында қалдырмақта.

Өзбекстан Республикасы БМШ Бас хаткери Антонио Гутерриштиң 2021-жыл азық-аўқат системалары бойынша глобал саммит өткериў басламасын бириншилерден болып қоллап-қуўатлады. Бүгинги әнжуман мине, усы саммиттиң логикалық даўамы болып есапланады.

Мәресимде шығып сөйлеген ФАО Бас директоры Цюй Дунъюй халықаралық әнжуман жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгени ушын Өзбекстан басшылығына миннетдаршылық билдирди ҳәм илаждың әҳмийетине тоқтап өтти.

– Мен Өзбекстанды региондағы ең жақсы ҳәм сапалы азық-аўқат өнимлери жетистирилетуғын орын екенине исеним пайда еткенмен, – деди Цюй Дунъюй. – Өзбекстандағы ҳәзирги сиясий, социаллық-экономикалық турақлылық тек ғана регион емес, ал дүнья жәмийетшилиги тәрепинен де ҳақылы түрде тән алынбақта. Қалаберди, бул әййемги үлке тарийхый цивилизациялар бесиги ҳәм ҳәзирги күндеги ҳәрекетлердиң раўажланыў процеси себепли және сол дәрежеге шығатуғынына исенемен. Ҳәзирги ўақытта мәмлекетте аўыл хожалығын заманагөй талаплар дәрежесинде раўажландырыў, азық-аўқат қәўипсизлигине ерисиў бағдарында табыслы әмелге асырылып атырған жумыслар БМШ Раўажланыў бағдарламасының талапларына толық сәйкес келеди.

Әнжуманда Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми, Ислам бирге ислесиў шөлкеми, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми, Қурғақшыл аймақларда аўыл хожалығы бойынша изертлеўлер алып барыўшы халықаралық орай (ИКАРДА) басшылары да шығып сөйлеп, усы форум ҳәм онда додаланатуғын мәселелер пүткил дүнья халықларының бүгинги ҳәм ертеңги күнине байланыслы екенлигин атап өтти.

Соның ишинде, Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң бас хаткери Хусрав Нозири бүгин дүньяның бир қатар мәмлекетлеринде халықты, ҳәттеки, жергиликли азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў қыйынласып атырғаны, бул әсиресе, орта ҳәм кем тәмийинленген мәмлекетлерде анық сезилип атырғанын атап өтти. Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў ушын 2030-жылға барып дүньяда ашлықты жоқ етиўимиз керек, деди Хусрав Нозири.

Жалпы мәжилистен соң конференция сессия мәжилислери менен даўам етти.


Сессияларда ҳәр бир мәмлекет ўәкиллери өз мәмлекетлери мысалында дүнья көлеминде азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, аўыл хожалығында инновацияларды кеңнен енгизиў, қоршаған орталықтың тазалығын сақлаў, жерден нәтийжели пайдаланыў сыяқлы мәселелер бойынша пикир билдирди.

Пүткил дүнья халықлары ушын, соның ишинде, азық-аўқат өнимлерин жеткерип бериў мақсетинде экспресс-коридорлар ашыўға хызмет етиўши «Ноль ашлық» дәрежесине ерисиў принципин сәўлелендирген ҳәр қыйлы темалардағы додалаў, пикир таласлар болып өтти.

Қәнигелердиң атап өтиўинше, ҳәзирги күнде дүнья халқы жер өнимдарлығының азайыўы, суў тамтарыслығы, қалаберди, кейинги жыллардағы пандемия, турақсыз геосиясий жағдай сыяқлы унамсыз жағдайларға көп мәрте ушыраспақта. Бул процессте, әсиресе, азық-аўқат қәўипсизлиги мәселеси оғада үлкен әҳмийетке ийе. Соның ушын да қатнасыўшылар Самарқанд конференциясының өткерилиўи мақсетке муўапық болғанын атап өтпекте.

-Ҳәзирги ўақытта дүнья халқының глобал көлемде жедел өсиўи бақланбақта-деди Израил аўыл хожалығы министри Ави Дихтер. – Болжаўға бола, 2050-жылға барып инсанияттың өсиў дәрежеси 10 миллиардлық шекти ийелеўи күтилмекте. Климат кризиси қәўпи де күшейип бармақта. Бундай жағдайда глобал бирге ислесиў оғада әҳмийетли. Яғный айдын келешекти тәмийинлеў ушын улыўмалық ҳәм айрықша халықлар арасында конструктивлик пикир алысыўды жолға қойыў зәрүр. Ҳәзирги процессте, әсиресе, инновациялық шешимлер көбирек пайда береди. Израилда жыллар даўамында тараўдағы машқалаларды шешиў ушын илимпазлар ҳәм фермерлер арасындағы илимий бирге ислесиўге тийкарланған стандарт жаратылды. Нәтийжеде аўыл хожалығы санаатқа айланды.

Италия аўыл хожалығы министри Франческо Лоллобрижиданың атап өтиўинше, ҳәзирги шараятта барлық мәмлекетлер ҳәм халықлар ушын сапалы азық-аўқат тәмийнаты ең әҳмийетли мәселелерден бири. Мәселен, Италияда тараўға заманагөй технология, жасыл инновацияны енгизиў дыққат орайында. Тийкарғы мақсет жердиң жағдайына тәсир етпестен, өнимди еки есеге арттырыў.

Әнжуман шеңберинде шөлкемлестирилген Өзбекстан аўыл хожалығы имканиятын сәўлелендирген көргизбеде мәмлекетимиздиң барлық аймақларынан аўыл хожалығы кәрханалары ҳәм ислеп шығарыўшылар, кластерлердиң ўәкиллери өз өним ҳәм хызметлери менен қатнаспақта. Сондай-ақ, аўыл хожалығы техникалары, тараўға енгизилип атырған заманагөй технологиялар таныстырылмақта.

Күнниң екинши ярымында сессияларда додаланған мәселелер тийкарында Самарқанд декларациясы қабыл етилди.

– Пандемия ҳәм басқа ҳәр қыйлы глобал шақырықлар бизди ески қатнасықларды қайта көрип шығыўға руўхландырмақта, фермерлик ҳәрекети ҳәм агробизнести хошаметлеў, сондай-ақ, аўыл хожалығын алып барыўдың жаңа усыллары қаншелли әҳмийетли екенлигин дәллилеп атыр, – деди мәмлекетимиз аўыл хожалығы министри Азиз Воитов. – Ҳәзир Өзбекстанда агроазық-аўқат тармағын қайта шөлкемлестириў процеси болып өтпекте. Тараў имканиятын және де күшейтиў, халықты сапалы азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў мақсетинде дүньяның жетекши илимпазларын тартыў режелестирилген. Жоқары сапалы азық-аўқат пенен имканият дәрежесинде көбирек инсанлар қамтып алыныўын тәмийинлеў ушын жаңа шешим, инновациялар талап етиледи. Додалаўлар орайында болған усы мәселелер Самарқанд декларациясының да тийкарын қурайды.

Буннан тысқары, ҳүжжетте төмендеги мақсетлер атап өтилгенҮ

– аўыл хожалығын экологиялық жақтан ең қәўипсиз, био ҳәртүрлиликти қоллап-қуўатлайтуғын усылда, суў ресурсларынан оптимал пайдаланған ҳалда раўажландырыў;

– халық, әсиресе, балалар ҳәм жас өспиримлердиң саламат аўқатланыўына жәрдемлесиў, мектепте аўқатланыўдың комплексли бағдарламаларын енгизиў;

– ҳаял-қызлардың агроазық-аўқат системасы трансформациясындағы үлесин арттырыў ушын аўыл ҳаял-қызларының ҳуқықлары менен имканиятларын кеңейтиў;

– мәмлекет көлеминде киши ҳәм шаңарақлық хожалықларды қоллап-қуўатлаў, бундай структуралардың өндирислик, тәбийғый ҳәм қаржылай ресурслардан пайдаланыў имканиятын кеңейтиў.

Конференция шеңберинде Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығы министри А.Воитов бир қатар халықаралық шөлкемлердиң басшылары, шерик сырт еллердиң министрлери менен еки тәреплеме ушырасыўлар өткерди.

Әнжуман 8-сентябрь күни өз жумысын даўам еттиреди. Күнниң тийкарғы ўақыялары Өзбекстан аўыл хожалығы инвестициялық форумы болыўы күтилмекте. Онда мәмлекетимиз аграр тараўында ҳәзирги ўақытта турмысқа енгизилип атырған жойбарлар ҳәм келешектеги режелер ҳаққында мағлыўмат бериледи. Сондай-ақ, усы бағдарда сырт ел инвесторлары менен биргеликте алып барылып атырған жумыслар талланып, келешектеги ўазыйпалар белгиленеди.

Конференция қатнасыўшыларының Самарқанд ўәлаятындағы аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханалардың жумысы менен танысыўы да нәзерде тутылған.

Ғайрат ХОННАЗАРОВ,

Ғолиб ҲАСАНОВ,
ӨзАның хабаршылары