Минск қаласында Өзбекстан – Беларусь бизнес топарлары ҳәм исбилермен ҳаял-қызларының биринши бизнес – форумы болып өтти.

Онда мәмлекетимиз экономикасының дерлик барлық тармақлары, атап айтқанда, санаат ҳәм аўыл хожалығы, азық-аўқат, фармацевтика санааты, мәдений-гуманитар, сондай-ақ, туризм ҳәм транспорт сыяқлы тараўлардың ўәкиллери болған бизнес топарлар ҳәм исбилермен ҳаял-қызлар қатнасты.

Форум шеңберинде шөлкемлестирилген «Исбилерменликтеги ҳаял-қызлар – Беларусь ҳәм Өзбекстан арасындағы исбилерменлик бойынша бирге ислесиўин раўажландырыў потенциалы» темасындағы жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының баслығы Т.Норбоева ҳәм Беларусь Республикасы Миллий мажлиси Республика Кеңеси баслығы Н.Кочанова кирис сөзи бенен ашып берди.

Жеңил санаат тараўында бирге ислесиўди кеңейтиў, турақлы тәжирийбе арттырыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Ислеп шығарыўшылар арасындағы бирге ислесиўди күшейтиў, IT тараўында байланысларды раўажландырыў, исбилерменлик, әсиресе, ҳаял-қызлар ушын санлы өнимлерди биргеликте ислеп шығыў, оларды санлы экономикаға кеңнен тартыў еки мәмлекет исбилерменлери ушын бирдей пайда келтиретуғыны атап өтилди.

Жалпы мәжилисте медицина тараўындағы бирге ислесиўди беккемлеў, фармацевтика санаатын раўажландырыў, медициналық кластерлер жаратыў, азық-аўқат санааты, автомобиль қурылысы ушын химия өнимлери, аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў, туризм бағдарларында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў бойынша пикир билдирилди.

Форумда жуўмақлаўшы ҳүжжет (декларация) қабыл етилди. Онда саўда-экономикалық, инвестициялық, илимий-техникалық, социаллық-мәдений, билимлендириў, гуманитар, туризм ҳәм өз-ара пайдалы басқа тараўлардағы бирге ислесиўди күшейтиў мәселелери сәўлеленди.

Еки мәмлекет исбилермен ҳаял-қызлары арасында «В2В» форматында өткерилген ушырасыўлар нәтийжесинде 92 миллион долларлық 42 шәртнама ҳәм 17 меморандумға қол қойылды.

Н.Абдураимова,

ӨзА