Усы жылдың 6-сентябрь күни Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалында шөлкемлестириў мәселелерине арналған мәжилис болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев, Өзбекстан Республикасы Жаслар сиясаты ҳәм спорт министри А.Икрамов шығып сөйлеп, бүгинги күни жасларға жаратып берилип атырған имканиятлардан пайдаланып, жоқары нәтийжелерди қолға киргизип атырған спортшылар санын еле де көбейтиў, олардың спорт шеберлигин ҳәм таярлықларын арттырыў, бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумысларды буннан былай да жетилистириў керек екенлиги атап өтилди.




Мәжилисте Байрамбай Eримбетов Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалы директоры, Рустам Хайдаров филиал директорының орынбасары лаўазымына тайынланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги