Самарқанд қаласындағы «Уллы Жипек жолы» халықаралық туризм орайында Азық-аўқат қәўипсизлиги бойынша халықаралық әнжуман басланды.

Өзбекстан ҳүкимети тәрепинен Бирлескен Миллетлер Шөлкеми жанындағы Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми – ФАО техникалық жәрдеминде шөлкемлестирилген илажға 30 дан аслам мәмлекет ўәкиллери – министрлер, дипломатлар, көплеген абырайлы халықаралық структуралар, финанс институтлары, илимий мәкемелердиң ўәкиллери қатнаспақта.

Мәселен, спикерлер, делегатлар арасында Шанхай бирге ислесиў шөлкеми, Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми, Жәҳән банки, Ислам Азық-аўқат қәўипсизлиги шөлкеми, Азия раўажланыў банки сыяқлы жәмәәтлердиң жоқары лаўазымлы хызметкерлери бар.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң әнжуман қатнасыўшыларына қутлықлаўын  Бас министр А.Арипов оқып берди.

Әнжуманның ашылыў мәресиминде Бас министрдиң орынбасары Шуҳрат Ғаниев, Аўыл хожалығы министри Азиз Воитов, ФАО Бас директоры Цуй Дунью ҳәм басқа да жоқары мәртебели рәсмийлер қатнаспақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги