Өзбекстан Республикасының 1999-жыл 14-апрельдеги «Ҳаял-қызларға қосымша жеңилликлер ҳаққында»ғы 760-санлы Нызамы тийкарында, 1999-жыл 1-июльден Өзбекстан Республикасының «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы Нызамның 12-статьясына 20 жыллық мийнет стажына ийе болған ҳаялларға 54 жастан улыўмалық белгиленген жастан 1 жыл алдын жасқа байланыслы пенсия тайынлаў ҳаққында қосымша киргизилген ҳәм әмелиятқа енгизилген.

Еслетпе: 20 жылдан аз мийнет стажына ийе болған ҳаялларға нызамшылыққа муўапық, 55 жастан улыўмалық тийкарларда жасқа байланыслы пенсия тайынланады.

Мәмлекетимиз тәрепинен ҳаялларға болған итибардың артып барыўы нәтийжесинде, 1999-жыл 1-июльден 2023-жыл 1-августқа шекем 555 385 ҳаялға 54 жастан жасқа байланыслы пенсия тайынланған.

Соннан, 1999-жылы 4960, 2000-жылы 10 125, 2001-жылы 10 857, 2002-жылы 10 201, 2003-жылы 11 497, 2004-жылы 12 955, 2005-жылы 14 062, 2006-жылы 14 832, 2007-жылы 14 867, 2008-жылы 16 774, 2009-жылы 18 736, 2010-жылы 22 305, 2011-жылы 18 866, 2012-жылы 20 059, 2013-жылы 19 354, 2014-жылы 22 163, 2015-жылы 31 554, 2016-жылы 33 485, 2017-жылы 34 507, 2018-жылы 36 702, 2019-жылы 37 320, 2020-жылы 35 584, 2021-жылы 39 272, 2022-жылы 41 710 ҳәм 2023-жылдың январь-июль айларында 22 638 ҳаялға 54 жастан жасқа байланыслы пенсия тайынланған.

Мағлыўмат орнында, сырт ел ҳәм ҒМДА мәмлекетлериниң пенсия нызамшылығында ҳаялларға 54 жастан жеңилликли тийкарларда жасқа байланыслы пенсия тайынлаў нәзерде тутылмаған.

 

Дәрек: Пенсия фонды баспасөз хызмети

Қарақалпақстан хабар агентлиги