Минск қаласында Беларусь-Өзбекстан хаял-қызларының бизнес форумы болып өтпекте. Форумда Олий Мажлис Сенаты баслығы Танзила Норбоеваның басшылығындағы рәсмий делегация қурамында “Muynak Tour” туристлик кәрханасының директоры Амина Бегжанова да қатнаспақта. Жалпы мәжилис ҳәм секцияларда санаат, аўыл хожалығы, туризм, транспорт ҳәм мәденият тараўаларында бирге ислесиў режелери додаланады.

Форумда Амина Бегжанова елимизде туризмди раўажландырыў, туризм хызметлерин жақсылаў, тараўда кадрлардың тәжирийбесин арттырыў, сырт еллерде миллий өнимлерди еӊ жайдырыў бойынша презентация өткереди.


Илаж соӊында еки тәрептиӊ исбилерменлери арасында коммерциялық келисимлер ҳәм шәртнамаларға қол қойылыўы күтилмекте.

Мағлыўмат орнында, усы жыл 29-июнь ҳәм 2-июль күнлери Баку қаласында өткерилген Әзербайжан – Өзбекстан хаял-қызлар бизнес форумында 54 миллион долларлық келисимлерге қол қойылған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги