Министрлер Кабинетиниң қарары (443–сан, 04.09.2023-ж) менен Ҳүкиметтиң айырым қарарларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди.

Қарарға бола:

Физикалық шахслар тәрепинен алып кирилип атырған ҳәм алып шығып кетилип атырған 100 миллион сум эквивалентинен аслам муғдардағы Өзбекстан Республикасының нақ валютасы ҳәм (ямаса) нақ сырт ел валютасы жолаўшы бажыхана декларациясын толтырыў ҳәм бажыхана уйымы хызметкерине усыныў жолы менен бажыхана бақлаўынан өткериледи. Бурын бул 70 миллион сум еди.

Физикалық шахслар декларация толтырыў талап етилетуғын белгиленген эквиваленттен аслам муғдардағы нақ валюта пулларын бажыхана бақлаўы көринислери араласыўысыз декларацияланбаған ҳалда бажыхана уйымлары хызметкерлерине мәсләҳәт алыў мақсетинде усынылғанда, бажыхана уйымлары қәнигелери тәрепинен физикалық шахсларға декларация толтырыў қағыйдаларына байланыслы улыўмалық түсиниклер бериледи. Алдын бул қағыйда жоқ еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги