Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Хожели  районлық бөлими тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги ҳәм Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети хызметкерлери менен биргеликте өткерилген  оператив илажда жумысқа киргизип бериўди ўәде еткен мектеп директоры усланды.

Атап айтқанда Хожели районындағы мектеплердиң бириниң директоры Х. Пуқараны өзи басшылық етип атырған мектепке китапханашы етип жумысқа орналастырыў ушын 3 миллион сум талап еткен. Усы талап етилген пулды “Хожели дийқан базары” жуўапкершилиги шекленген жәмийети аймағындағы автомашиналар туратуғын орында өзине тийисли болған автомашинасында алған ўақытта усланды. Оннан химиялық жол менен қайта исленген 3 миллион сум пул  айғақлы дәлил ретинде алынды.

Бул жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниӊ тийисли статьясы менен жынаят иси қозғатылып, дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.


Қарақалпақстан хабар агентлиги