Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 9-декабрьдеги «Жаңа Өзбекстан»  массивлерин қурыў ҳәм аймақлардыӊ социаллық-экономикалық раўажланыўын тәмийинлеў ҳаққында»ғы пәрманы халқымызды заманагөй үлгидеги қолайлы шараятларға ийе турақ жайлар менен тәмийинлеўде әҳмийетли ҳуқықый ҳүжжет болып табылады.

Әне, усы тарийхый ҳүжжет тийкарында буннан бир жыл алдын, «Жаӊа Өзбекстан» бағдарламасы шеӊберинде жаӊа турақ жайлар массивин шөлкемлестириў ушын Қанлыкөл районының Наўрыз аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан 14,3 гектар жер майданы ажыратылып, қурылыс ислери басланған еди.

Қолы гүл қурылысшылардың алып барған пидәкерлик мийнетлериниң нәтийжесинде бүгинги күни бул аймақта барлық шараятларға ийе заманагөй қалаша бой тикледи, десек асыра силтеген болмаймыз.

«Жаңа турмыс ушын, Жаңа Өзбекстан ушын» деген шақырық тийкарында белгиленип атырған мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 32 жыллық қутлы сәнеси алдында, усы массивте жүргизилип атырған еки көп қабатлы турақ жайда қурылыс жумыслары өз жуўмағына жеткерилип, пайдаланыў ушын өз ийелерине тапсырылмақта.

Жаңа үйлерди өз ийелерине тапсырыў мәресимине район ҳәкими Б.Султанов қатнасып, илаж қатнасыўшыларын Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 32 жыллық байрамы ҳәм жаңа қоныс жайға ийе болғанлығы менен қызғын қутлықлады.






Илажда имарат алдына тартылған дәстүрий лента кесилип, турақ жай ийелерине жаңа квартиралардың гилтлери тапсырылды. Сондай-ақ, жаңа қоныс ийелерине район ҳәкимлигиниң саўғалары берилди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы