АҚШтың Оклахома штатында өткерилген профессионал бокс кешесинде Олимпиада ҳәм жәҳән чемпионы Баҳодир Жалолов нигериялы Онориоде Эҳвариоме қарсы рингке шықты.

Қуўанышлы тәрепи сонда, 8 раундқа мөлшерленген бул ушырасыўдың дәслепки раундын-ақ, нигериялы боксши Баҳодир Жалоловтың аўыр соққыларына шыдам бере алмай нокаутқа ушырады.

Баҳодир ушын бул профессионал рингктеги 13-ушырасыў болып, ол усы беллесиўлердиң барлығында жеңиске ерисиўге миясар болды.

Беллесиўден соң Баҳодир өз промоутери Боб Арумға «Ўақыттың, қарсыластың парқы жоқ, Усикпе, Жошуама, қәлеген қарсыласқа қарсы рингке шығыўға таярман,» — деп айтып өтти.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы