ӨзЛиДеП Тақыятас районлық Кеңеси тәрепинен Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 32 жыллығы мүнәсибети менен «Халық ҳәм армия – бир тән ҳәм бир жан!» атамасында райондағы әскерий бөлимде ушырасыў өткерилди.

Илажда сөзге шыққанлар, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз еки жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны жоқары дәрежеде өткериў ҳаққында»ғы қарарына муўапық әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы мағлыўматлар берди.

Атап өтилгениндей, Жаңа Өзбекстанда күн сайын халық ҳәм армияның бирлиги беккемленбекте. Бүгинги күнде Қураллы Күшлеримиз халық, жәмийет пенен ҳәр қашанғыдан да жақын.

Мәмлекетимиздиң тынышлығы сақланып, шегараларымыздың қол қатылмаслығы тәмийинленсе ғана барлық тараўларда өсиў, раўажланыў болады, уллы мақсетлеримиз әмелге асады. Сонлықтан да, усы ўазыйпаларды орынлаўда жан күйдирип, әдиўли миннетин шын кеўилден атқарып атырған Ўатан қорғаўшыларына халықтың исеними артып бармақта.

Өз гезегинде әскерий хызметкерлер де сөзге шығып, соңғы жылларда офицерлер ҳәм қатардағы әскерлердиң өз хызмет ўазыйпаларын өтеўи ушын жаратылып атырған шараятлар, әскерий таярлық жумыслары туўралы мағлыўматлар берилип, Ўатан исенимли қолларда екенлигин, армия бәрқулла халыққа сүйенетуғынлығын атап өтти.


Илажда бир қатар пидайы әскерий хызметкерлерге китаплар ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги