Нөкис районында Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз еки жыллық байрамына бағышлап «Жаңа турмыс ушын, жаңа Өзбекстан ушын!» сүрени астында «Миллийлигимиз – бийбаҳа байлығымыз» атамасында руўхый-ағартыўшылық  илаж болып өтти.

Районның «Кердер» аўылында шөлкемлестирилген илаж әзел-әзелден бизге мийрас болып киятырған үрп-әдет, дәстүрлеримизди, тарийхымызды, миллий қәдириятларымызды әўладтан-әўладқа жеткерип барыўға қаратылғаны менен әҳмийетли болып табылады.

Әсиресе, ата-бабаларымыз «Қыз узатыў», «Бет ашар», «Бесик тойы», «Тусаў кесиў», «Айдар той» сыяқлы халқымыздың миллий үрп-әдет, дәстүрлерин бизге мийрас етип қалдырған. Бул мийрасларымыз өлмейтуғын ғәзийне болып, әўладтан-әўладқа өтип келмекте.









Илажда аймақта жасап атырған түрли миллет ўәкиллериниң үрп-әдетлери, миллий тағамлары, қәдириятлары жырланды. Мийманлар миллий тағамларды писириў процесслеринде қатнасты. Миллий өнерментшилик көргизбеси көрсетилди. Түрли миллет ўәкиллери өзлериниң тартымлы қосық-намалары ҳәм аяқ ойынларын шеберлик пенен атқарып, илажға көтериңкилик бағышлады.

Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз еки жыллық байрамына бағышланған руўхый-ағартыўшылық илаж ҳәммеде үлкен тәсир қалдырды.

Даўыт АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери