Халықты разы етиў, социаллық қоллап-қуўатлаў, машқалаларды орнында шешиў бағдарында республикамызда да кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Соның ишинде, 2-сектор басшылары Президентимиз тәрепинен жаратып берилип атырған имканиятлардан толық пайдаланған ҳалда нәтийжели жумыс алып барып атыр.

Қараөзек районы 2-секторға тийисли А.Досназаров аўыл пуқаралар жыйыны «Нурымтубек» елатлы пункти орайдан 35 километр қашықлықта жайласқан. Бул жерде бес мыңнан аслам халық жасайды.

Сектор басшысы тәрепинен халықтың турмыс шараятын үйме-үй үйрениў процесинде аўылда жасайтуғын бағыўшысынан айырылған М.Бекхожаева ҳәм М.Камалованың турақ жайы оңлаўды талап ететуғыны анықланды. Олардың турақ жайы жаңадан қурылып, үскенеленип берилди. Олардың өтинишине бола, шаңарақларда бақшасының шөлкемлестирилиўине әмелий жәрдем көрсетилди. Енди шаңарақ ийелери жаңа турақ жайға ийе болыў менен бирге балалар бақшасы арқалы дәрамат дәрегине де ийе болды. Үй бақшасының ашылыў мәресими аўыл халқы ушын үлкен байрамға айланды.

«Жаслар дәптери»не киргизилген Г.Минажатдинованың прокурор менен ушырасыўында тигиўшиликке қызығыўшылығы, жумысын буннан былай да кеңейтиў ушын барлық имканиятларға ийе, тек ғана заманагөй тигиў машинасына мүтәжлиги бар екенин билдирди. Мүрәжатқа бола оған жигирма миллион сум субсидия тийкарында тигиў машинасы алып берилди ҳәм бүгинги күнде аўылдың барлық ҳаял-қызларына минсиз хызмет көрсетип келмекте.

Районлық прокуратура тәрепинен 2-сектор аймағында ғалабалық спортты раўажландырыў мақсетинде жас исбилермен А.Таңатаровқа аўыл пуқаралар жыйыны орайында жасыл қапламалы мини-футбол майданшасын қурыў ушын 500 миллион сум жеңиллетилген кредит ажыратылыўында әмелий жәрдем көрсетилди. Бул спорт майданшасының ашылыў мәресиминде аймақтағы «Қызыл категория»ға киргизилген жасларды толық қамтып алған ҳалда, спорттың мини-футбол түри бойынша «Прокурор кубоги» жарысы өткерилди. Жеңимпаз ҳәм қатнасыўшы топарларға қымбат баҳалы саўғалар тапсырылды.

Даўыт АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы