Өзбекстан Республикасы Президенти «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлерге қолайлы шараятлар жаратыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманға қол қойды.
Оған бола, Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры Қарақалпақстан Республикасында өндиристи кеңейтиў бойынша инвестициялық жойбарларды қаржыландырыў мақсетинде 100 миллион АҚШ долларын ажыратады.
Кредит қаржылары 5 жыллық жеңиллетилген дәўир менен 10 жыл мүддетке Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан жоқары болмаған муғдарда ажыратылады.
Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги 2024-жылдың ақырына шекем жаңа жойбарларды қаржыландырыў жумысларын шөлкемлестириў мақсетинде халықаралық финанс институтларынан қосымша 200 миллион АҚШ доллары муғдарында кредит қаржыларын тартады.
Орайлық банк 2024-жылдан баслап ҳәр жылы коммерциялық банклерге Қарақалпақстан Республикасы ушын шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде кеминде 2 трлн.сум кредит қаржы ажыратады.
Қарақалпақстан Республикасының Хожели районында 100 гектар жер майданында «Жаслар социаллық-экономикалық орайы» шөлкемлестириледи.
Жаслар орайы аймағында IT -парк, жойбарлаў офислери, стартаплар технопарки, стартап жойбарларды қоллап-қуўатлаў «инновациялық топарлары», мәдений-ағартыўшылық орайлар, китапхана ҳәм спорт комплекслери шөлкемлестириледи. Жаслар орайында жумыс алып барып атырған исбилермен ҳәм жасларға «Мениң биринши үйим» жойбары шеңберинде көп қабатлы ҳәм жеке тәртиптеги турақ жайлар қурылады.
ӨзА