Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 8-август күни Түркияның «Cengiz Holding» компаниясының басқарма баслығы Мехмет Женгиз басшылығындағы делегацияны қабыллады.

Ушырасыўда өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де кеңейтиў, соның ишинде, мәмлекетимиздиң экономика тармақларын раўажландырыў ҳәм модернизациялаў бойынша қоспа жойбарларды әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.

Түркияның жетекши көп тармақлы холдингиниң қатнасыўында Өзбекстанда еки жойбар табыслы жуўмақланды – Ташкент ҳәм Сырдәрья ўәлаятларында улыўма қуўатлылығы 460 мегаваттлы заманагөй электр станциялар иске қосылды.

Ушырасыў ўақтында мәмлекетимиз басшысына бул энергетика объектлериниң көрсеткишлери ҳаққында толық мәлимлеме берилди.

Буннан тысқары, Президентимиз Жиззақ ўәлаятында қуўатлылығы 500 мегаваттан аслам болған және бир электр станцияның қурылысына старт берди.

«Cengiz Holding» компаниясы тәрепинен улыўма баҳасы 5 миллиард доллардан аслам болған жаңа жойбарларды әмелге асырыў режелери таныстырылды.

Автомобиль жоллары ҳәм туннеллерди модернизациялаў ҳәм қурыў, геология-излеў жумысларын орынлаў ҳәм перспективалы пайдалы қазылма кәнлерин өзлестириў, энергетика инфраструктурасын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлеринде басқарыў усындай жойбарлар қатарына киреди.

Өзбекстан жетекшиси түркиялы инвестордың қатнасыўындағы перспективалы жойбарларды тез пурсатта таярлаў ҳәм толық әмелге асырыў бойынша тапсырмалар берди.


ӨзА