Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасында жер мәселелерине байланыслы мәжилис болып өтти.

Онда тараў басшылары, онлайн түрде тийисли тараўлардың қалалық ҳәм районлық бөлимлери ҳәм филиалларының баслықлары қатнасты.


Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасының Жер ресурсларының талан-тараж етилиўиниң алдын алыў бөлими баслығы П.Бекниязов, Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы И.Тлеуов,  оның орынбасары П.Сейтмуратов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жерден нызамсыз пайдаланыў ҳәм оны өзбасымшалық пенен ийелеў ҳәрекетлери бойынша қатаң қадағалаў жумыслары алып барылып атырғанлығын атап өтип, жер мониторинги жумысларын кадастр агентлиги инспекторлары, мәмлекетлик кадастрлар палатасы филиалы қәнигелери ҳәм мәҳәллердеги ҳәким жәрдемшилери менен биргеликте алып барыўды жетилистириў бойынша пикир-усыныслар билдирилип, көрсетпелер берилди.

Атап өтилгениндей, ҳәким жәрдемшилери тәрепинен жыл басынан берли 936 жағдай бойынша сораўнамалар келип түскен болса,  кадастр агентлиги, оның қалалық ҳәм районлық бөлимлери тәрепинен 314 жағдай өз мүддетинде үйренип шығылған.

Үйрениў нәтийжесинде қурылысы басланған 277 объектте ҳуқықый ҳүжжетлери бар екенлиги анықланған болса, 37 жағдайда нызамсыз қурылмалар қурылып атырғанлығы анықланған ҳәм кадастр агентлиги бөлимлери тәрепинен өз ўәкиллиги шеңберинде тийисли шаралар көрилген.

Ҳәким жәрдемшилери тәрепинен берилген сораўнамаларға өз мүддетинде жуўап бериў басқарманың қатаң қадағалаўына алынған.

Мәжилисте жыл басынан усы күнге шекемги анықланған жер бойынша нызамбузыўшылық жағдайлары додаланып, бул бағдардағы жумысларды сапалы ҳәм оператив түрде шөлкемлестириў бойынша тийисли тапсырмалар берилди.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги