Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев 24-июль күни телефон арқалы сөйлести.

Қазақстан жетекшиси мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен қызғын қутлықлап, беккем денсаўлық, абаданлық ҳәм жаңа табыслар, туўысқан Өзбекстан халқына тынышлық-парахатшылық ҳәм раўажланыў тиледи.

Жетекшилер жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де кеңейтиў ҳәм беккемлеў мәселелерин ҳәр тәреплеме көрип шықты.

Ҳүкиметлераралық комиссияның Ташкент қаласында ҳәм биргеликтеги Жумысшы топардың Астана қаласында өткен гезектеги мәжилислериниң жемисли нәтийжелери қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Товар алмасыў көлемин арттырыў бағдарындағы ҳәрекетлерди даўам еттириў, санаат тармақлары ҳәм инфраструктура тараўында кооперация жойбарларын алға қойыў, сондай-ақ, қоспа мәдений илажларды турақлы өткериў арқалы жедел гуманитарлық алмасыўды раўажландырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Регионаллық бирге ислесиў мәселелери бойынша пикир алысылды, болажақ жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер режеси көрип шығылды.

ӨзА