24-июль күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров пенен телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.
Қырғызстан жетекшиси мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен қызғын қутлықлап, Өзбекстанға тынышлық-парахатшылық ҳәм турақлы раўажланыў тиледи.
Сәўбетте Өзбекстан менен Қырғызстан арасындағы жақсы қоңсышылық ҳәм кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Санаат, автомобиль қурылысы, тоқымашылық ҳәм электротехника тармақларында, энергетика инфраструктурасын модернизациялаў бойынша ҳәм тармақлардың басқа да тараўларында қоспа кооперация жойбарларын әмелге асырыўда ерисилип атырған нәтийжелер қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Ҳүкиметлераралық комиссияның жумысы шеңберинде жаңа саўда ҳәм инвестициялық жойбарлар топламын таярлаўға айрықша итибар қаратылды.
Өзбекстан ҳәм Қырғызстан жетекшилери болажақ жоқары дәрежедеги илажлар режесин де көрип шықты.
ӨзА