Мәденият ҳәм туризм министрлиги тәрепинен маркетингти раўажландырыў, жаңа хызмет түрлерин енгизиў ҳәм мәмлекет имиджин сырт елде кеңнен үгит-нәсиятлаў бағдарында системалы жумыслар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, Өзбекстанның Уллы Британиядағы туризм бренди елшиси Софи Обботсон менен биргеликте 14-25-июль күнлери Британияның «The times» газетасының саяхат бөлиминиң редакторы ҳәм Люси Перринниң Өзбекстанға саяхаты шөлкемлестирилди.

Сырт ел журналисти усы күнлерде мәмлекетимиздиң туризм потенциалы ҳаққында медиа өнимлер таярлаў мақсетинде Самарқанд, Бухара, Хийўа сыяқлы әййемги қалаларымыз ҳәм асхана, таў туризми сыяқлы бир қатар бағдарлар раўажланып атырған аймақлар менен таныспақта.

Люси ханым тәрепинен таярланып атырған материаллар «The times» газетасында мақала ҳәм сүўретлер түринде басып шығарылады. Сондай-ақ, социаллық тармақ арқалы да үгит-нәсиятланады.

Британияның күнделикли миллий газетасы «The times» 1785-жылы «The Daily Universal Register» аты менен шыға баслаған. Ҳәзир тек ғана патшалық аймағында емес, ал дүнья бойлап ең белгили баспалардың бири сыпатында  тән алынады.

«British Business Survey» мағлыўматына бола, газета тараў оқыўшылары ушын биринши санлы күнделикли баспасөз уйымы болып, «Financial Times» ямаса «Daily Telegraph»қа қарағанда 50 процент көбирек оқыўшыларды қамтып алған. «The times» 2011-жылғы «Press Awards»да Бизнес ҳәм қаржы бағдарында жылдың ең жақсы жәмәәти сыйлығын қолға киргизген.

2020-жыл март айының жағдайына бола, күнине орташа 1 миллионнан аслам адам оқыйтуғын «The times»тың күнлик басылымы 365 880 нусқаны қурайды.

ӨзА