Бүгин, 24-июль күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 2023-2024-оқыў жылы ушын қабыллаў процесинде бакалавриаттың айрықша қәбилет талап етилетуғын тәлим бағдарларында кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар басланды.

Дене мәденияты, музыкалық тәлим, сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы тәлим бағдарлары бойынша өткерилип атырған имтиханлардың белгиленген талаплар тийкарында әдил ҳәм ашық-айдын өтиўи жәмийетлик шөлкемлер,  сиясий партиялар, ғалаба хабар қураллары, соның менен бирге, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигинен бириктирилген ўәкиллер тәрепинен қадағаланбақта.

Имтиханлар интернет тармағы арқалы ата-аналар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллерине тиккелей алып көрсетилмекте.

Абитуриентлердиң билим ҳәм көнликпелерин баҳалаў ушын Өзбекстанның түрли оқыў орынларынан, атап айтқанда, Бухара, Наманган ҳәм Қаршы мәмлекетлик университетлери, Шахрисабз, Қоқанд мәмлекетлик ҳәм Өзбекстан-Финляндия педагогикалық институтларынан тәжирийбели профессор-оқытыўшылар және қәнигелер бириктирилген болып, олар тәрепинен ҳәр бир абитуриенттиң таярлығы әдил түрде баҳаланып, топлаған баллары сол ўақыттың өзинде мәлим етилмекте.





— Бүгин қызым институттың музыкалық тәлим бағдарына дөретиўшилик имтихан тапсырып атыр. Оның кишкенелигинен усы тараўға болған қызығыўшылығын көрип,  қоллап-қуўатлаўға ҳәрекет еттик. Қызым музыка сырларын үйренип, жоқары мағлыўматлы болып, маман кадр болыўды өз алдына мақсет еткен. Мине, бүгин институтқа келип, бул жердеги жаратылған шараятлардан кеўлим толды. Имтихан процесслери қалай өтип атырғанын ашық-айдын тиккелей бақлап отырмыз,-дейди Қоңырат районынан келген Дилафруз Айымбетова.

Еслетип өтемиз,  институтта бакалавриаттың мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлимде дене тәрбиясы ҳәм спорт тәлим бағдарына кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар 29-июльдан басланыўы белгиленген.

Кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар 1-августқа шекем бир күнде еки мезгилде даўам етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги